tg-me.com/bozataw_uz/36774
Last Update:
Мамлакатимизда инвестиция ва бизнес муҳитини тубдан яхшилаш, бу йўлдаги тўсиқларни босқичма-босқич бартараф этиш учун қатъий қадамлар ташлангани қайд этилди. Ҳар бир сармоядор ўзини эркин ва ишончли ҳис қилиши учун кенг кўламли ислоҳотлар амалга оширилмоқда.
Сўнгги йилларда иқтисодиётимиз қарийб икки баробар ўсди. Ўтган йил якуни бўйича бу ўсиш 6 фоизни ташкил қилди. Инфляция 9 фоизгача пасайди. Савдо айланмаси кўрсаткичлари муттасил ошмоқда. Валюта бозори ва олтин-валюта захиралари барқарорлиги сақлаб қолинмоқда.
Охирги йилларда мамлакатимизда 60 миллиард доллардан зиёд хорижий инвестициялар ўзлаштирилди. Халқаро молия институтларининг 14 миллиард доллардан ортиқ маблағлари ижтимоий ва инфратузилма соҳаларига жалб қилинди.
—
Мәмлекетимизде инвестиция ҳәм бизнес орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, бул жолдағы тосықларды басқышпа-басқыш сапластырыў ушын қатаң қәдемлер тасланғаны атап өтилди. Ҳәр бир инвестор өзин еркин ҳәм исенимли сезиўи ушын кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Соңғы жылларда экономикамыз дерлик еки есеге өсти. Өткен жыл жуўмағы бойынша бул өсиў 6 пайызды қурады. Инфляция 9 пайызға шекем пәсейди. Саўда айланбасы көрсеткишлери турақлы артпақта. Валюта базары ҳәм алтын-валюта резервлери турақлылығы сақлап қалынбақта.
Ақырғы жылларда мәмлекетимизде 60 миллиард доллардан артық сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Халықаралық қаржы институтларының 14 миллиард доллардан артық қаржылары социаллық ҳәм инфраструктура тараўларына тартылды.
Facebook|Instagram|X
BY press_Bozataw | Rásmiy kanal
Share with your friend now:
tg-me.com/bozataw_uz/36774